Leviticus 23:33-36
Қос байрамы
33Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 34– Израил халқына былай деп айт: «Жетинши айдың он бесинши күнинен баслап, жети күн даўамында Жаратқан Ийеге арнап, Қос байрамын белгилең. 35Байрамның биринши күни мухаддес жыйналыс өткериң. Сол күни күнделикли жумысыңызды ислемең. 36Жети күн даўамында күнине бир мәрте Жаратқан Ийеге сый усының. Сегизинши күни де мухаддес жыйналыс өткериң ҳәм Жаратқан Ийеге сый усының. Бул салтанатлы жыйналыс болады. Күнделикли жумысыңызды ислемең.
Copyright information for
KaaIBT22C