‏ Leviticus 23:33-43

Қос байрамы

33Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

34– Израил халқына былай деп айт: «Жетинши айдың он бесинши күнинен баслап, жети күн даўамында Жаратқан Ийеге арнап, Қос байрамын белгилең. 35Байрамның биринши күни мухаддес жыйналыс өткериң. Сол күни күнделикли жумысыңызды ислемең. 36Жети күн даўамында күнине бир мәрте Жаратқан Ийеге сый усының. Сегизинши күни де мухаддес жыйналыс өткериң ҳәм Жаратқан Ийеге сый усының. Бул салтанатлы жыйналыс болады. Күнделикли жумысыңызды ислемең.

37Мухаддес жыйналыс деп жәрия қылынатуғын Жаратқан Ийеге арналған байрамлар усылар болады. Байрамларда Жаратқан Ийеге арналған сыйларды, жандырылатуғын қурбанлықларды, ғәлле садақаларын, басқа қурбанлықларды ҳәм ишимлик садақаларын белгиленген өз күнлеринде алып келиң. 38Булар Жаратқан Ийениң Шаббатынан, Жаратқан Ийеге арнап алып келетуғын сыйларыңыздан, ўәде ҳәм ықтыярлы қурбанлықларыңыздан тысқары болсын.

39Жерлериңиздиң зүрәәтлерин жыйнап болған ўақтыңызда, жетинши айдың он бесинши күнинен баслап, жети күн даўамында Жаратқан Ийеге арнап Қос байрамын өткизиң. Байрамның биринши ҳәм сегизинши күни дем алыс күни болсын. 40Биринши күни мийўе ағашларыңыздың ең жақсы мийўелерин, пальма ағашының жапырақларын, мол жапырақлы теректиң талларын, дәрья бойында өсетуғын таллардың шақаларын жыйнап, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында жети күн даўамында шадланың. 41Буны ҳәр жылы жети күн даўамында Жаратқан Ийениң байрамы етип белгилең. Жылдың жетинши айында белгиленетуғын усы байрам әўладларыңыз даўамында мәңги қағыйда болып қалсын. 42Жети күн даўамында қоста жасаң. Ҳәр бир жергиликли израиллы қосларда жасасын. 43Сонда келешек әўладларыңыз Израил халқын Мысырдан алып шыққан ўақтымда, олардың қосларда жасағанын билип алады. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен».
Copyright information for KaaIBT22C