‏ Leviticus 24:5-9

Жаратқан Ийеге усынылған нанлар

5– Сапалы уннан он еки шөрек нан жап. Ҳәр бир нан оннан еки эфа муғдарындағы уннан жабылсын. 6Оларды Жаратқан Ийениң алдындағы сап алтыннан исленген столға алтаў-алтаўдан еки жерге үсти-үстине қой. 7Булардың қасына таза хош ийисли шайырдан қойып шық. Бул хош ийисли шайыр нанның орнына толық садақаның белгиси етип, Жаратқан Ийеге усынылады. 8Ҳәр Шаббат күни бул нанлар Жаратқан Ийениң алдына қойылсын. Бул Израил халқының мәңги ўазыйпасы болсын. 9Нанлар Харонға ҳәм оның улларына тийисли, олар нанларды мухаддес жерде жесин. Өйткени бул Жаратқан Ийеге берилетуғын сыйлардың жүдә мухаддес бөлеги болып, олардың мәңги пайы болады.
Copyright information for KaaIBT22C