Leviticus 25:1-7
Шаббат жылы
1Жаратқан Ийе Синай таўында Муўсаға былай деди: 2– Израил халқына былай деп айт: «Мен сизлерге берип атырған елге киргениңизде, Жаратқан Ийениң ҳүрметине ҳәр жетинши жылы жерге егин екпей, дем алыс бериң. 3Алты жыл атызларыңызға егин егиңлер, жүзимлердиң шақаларын путап, өнимлерин жыйнаңлар. 4Бирақ жетинши жылы жер ушын дем алыс жылы, яғный Жаратқан Ийеге арналған Шаббат жылы болсын. Атызларға егин екпеңлер, жүзимзарларыңызды путамаңлар. 5Өзлигинен өсип шыққан ҳасылды орып, шақалары путаланбаған жүзимлерди сақлап қойыў ушын, жыйнап алмаңлар. Жер толығы менен бир жыл дем алсын. 6Дем алыс жылында өзлигинен өсип шыққан ҳәр қандай жердиң өниминиң өзи сизлер ушын, қул ҳәм шорыларыңыз, жалланба хызметшилер ҳәм араңызда жасап атырған келгиндилер ушын аўқат болады. 7Жерде өсип шыққан ҳасыллар малларыңызға да, жабайы ҳайўанларға да азық болады».
Copyright information for
KaaIBT22C