Leviticus 25:8-17
Қутлы жыл
8«Жети жылда бир мәрте белгиленетуғын Шаббат жылының жети мәрте өтиўин бақлаң. Шаббат жылы жети мәрте өткенде, барлығы болып қырық тоғыз жыл болады. 9Кейинги жылдың жетинши айының оныншы күни, яғный Гүнадан пәклениў күни пүткил ел бойлап қатты даўыслап кәрнай шертилсин. 10Усы елиўинши жылды мухаддес деп санаңлар ҳәм пүткил ел халқы ушын азатлық жәриялаңлар. Усы жыл сизлер ушын Қутлы жыл болады. Ҳәр бир адам өзиниң жер мүлкин қайтарып алсын ҳәм қул болған ҳәр бир адам азат болып, өз тийресине қайтсын. 11Елиўинши жыл сизлер ушын Қутлы жыл болсын. Усы жылы егин екпеңлер, өзи өсип шыққан егинлерди орып алып, сақламаңлар, шақасы путаланбаған жүзимлерди жыйнамаңлар. 12Өйткени усы жыл Қутлы жыл ҳәм бул сизлер ушын мухаддес болсын. Тек атыздан туўрыдан-туўры алынған зүрәәтти жеңлер. 13Қутлы жылы ҳәр бир адам өзиниң жер мүлкин қайтарып алсын. 14Егер бир адамға жер сататуғын болсаң ямаса оннан жер сатып алатуғын болсаң, бир-бириңизге наҳақлық қылмаң. 15Жердиң баҳасы кейинги Қутлы жылға шекемги жердиң жетистиретуғын зүрәәти бойынша баҳалансын. 16Егер алдында еле көп жыл болса, баҳасы артсын, ал азғантай жыл қалған болса, онда баҳасы түсирилсин. Себеби саған атызды емес, ал оның зүрәәтиниң муғдарын сатады. 17Бир-бириңизге наҳақлық қылмаңлар, Қудайыңыздан қорқыңлар. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
Copyright information for
KaaIBT22C