Leviticus 27:17-24
17Егер атыз Қутлы жылда бағышланса, буның баҳасы белгиленген толық баҳа бойынша қалсын. 18Егер атыз Қутлы жылдан соң бағышланса, руўханий кейинги Қутлы жылға дейин қалған жыллардың саны бойынша атыздың баҳасын белгилесин. Атыздың баҳасы соған сәйкес төмен болады. 19Егер сол адам атызын қайтарып алыўды қәлесе, ол атызға белгиленген баҳаның үстине бестен бир бөлегин қосып төлесин. Сонда атыз және өзиники болып қалады. 20Бирақ сол адам атызды өзине қайтарып сатып алмаса ҳәм атыз басқа биреўге сатылған болса, онда атыздың ийеси атызды өзине қайтарып сатып ала алмайды. 21Атыз Қутлы жылға дейин турса, онда бул Жаратқан Ийеге бағышланған болып, мухаддес саналады ҳәм атыз руўханийлерге тийисли болып қалады. 22Егер бир адам сатып алған, яғный бабасынан мийрас болмаған атызын Жаратқан Ийеге бағышласа, 23руўханий Қутлы жылға дейин қалған жыллар бойынша оның баҳасын белгилесин. Ол адам белгиленген баҳаны сол күни-ақ төлесин ҳәм төлем Жаратқан Ийеге тийисли болып, мухаддес саналады. 24Кейинги Қутлы жылда атыз биринши ийесине қайтарып берилсин.
Copyright information for
KaaIBT22C