‏ Luke 10:25-28

Мийримли самариялы

25Сонда бир нызам муғаллими орнынан турып, Ийсаны сынап көриў ушын, Оннан:

– Устаз, мәңгилик өмирди алыўым ушын не қылыўым керек? – деп сорады.

26Ийса оған:

– Мухаддес Нызамда не деп жазылған? Сен оны қалай түсинесең? – деди.

27Ол жуўап берип:

– «Қудайың Жаратқан Ийени шын жүрегиң, жан-тәниң, бар күшиң ҳәм пүткил ақыл-ойың менен сүй» . Және де: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй» , – делинген, – деди.

28Ийса оған:

– Дурыс жуўап бердиң, усылай исле, сонда жасайсаң, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C