‏ Luke 11:14-23

Ийса ҳәм Белзебүл

(Мат 12:22-30; Мрк 3:20-27)

14Бир күни Ийса бир адамнан гүңелек жинди қуўып шығарды. Жин шыққаннан соң, гүңелек адам сөйлей баслағанда, халық ҳайран қалды. 15Бирақ олардың гейбиреўлери: «Ол жинлерди жинлердиң баслығы Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығарып жүр», – дести.

16Ал басқалары Ийсаны сынап көрмекши болып, аспаннан кәраматлы белги көрсетиўди талап етти. 17Бирақ Ийса олардың ойларын билип, былай деди:

– Өз ара қарсы болып бөлинген ҳәр бир патшалық жоқ болады. Өз ара қарсы болып бөлинген ҳәр бир үй қулайды.
18Егер шайтан өз ара қарсы болып бөлинсе, оның патшалығы қалай сақланады? Сизлер Мени: «Жинлерди Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығарып жүр», – дейсизлер. 19Егер Мен жинлерди Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығарып жүрген болсам, онда сизлердиң шәкиртлериңиз оларды кимниң күши менен қуўып шығарып жүр? Солай етип, олар сизлердиң надурыс екениңизди әшкаралайды. 20Бирақ, егер Мен жинлерди Қудайдың күши менен қуўып шығарып атырған болсам, онда сизлерге Қудайдың Патшалығының жетип келгени. 21Тис-тырнағына дейин қуралланған бир күшли адам өз үйин қорғаса, оның мал-мүлки аман болады. 22Ал оннан да күшлирек биреў оған ҳүжим жасап, оны жеңсе, оның исенген барлық қуралларын тартып алып, олжасын бөлистиреди.

23Ким де ким Мениң менен бирге болмаса, ол Маған қарсы. Ким де ким Мениң менен бирге жыйнамаса, ол шашады.
Copyright information for KaaIBT22C