‏ Luke 11:29-32

Кәраматлы белги ҳаққында

(Мат 12:38-42; Мрк 8:12)

29Халық жыйналып, көбейип атырғанда, Ийса оларға былай деп айта баслады:

– Бул әўлад – жаман әўлад! Ол кәраматлы белги талап етпекте. Бирақ оған Юнустың кәраматлы белгисинен басқасы көрсетилмейди.
30Юнус Ниневия турғынлары ушын қандай белги болса, Адам Улы да бул әўлад ушын сондай белги болады. 31Қубладағы ҳаял патша ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күни усы әўлад пенен бирге орнынан турып, бул әўладтың адамларын айыплайды. Себеби ол Сулайманның даналығын еситиў ушын, жер бетиниң арғы шетинен келген еди . Бирақ бул жерде Сулайманнан да уллы Биреў бар. 32Ниневия турғынлары ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күни усы әўлад пенен бирге орнынан турып, бул әўладтың адамларын айыплайды. Өйткени Юнус жәриялағанда, олар тәўбе етти . Бирақ бул жерде Юнустан да уллы Биреў бар.
Copyright information for KaaIBT22C