‏ Luke 11:37-54

Ийсаның диндарларды айыплаўы

(Мат 23:1-36; 12:38-40; Лук 20:45-47)

37Ийса усы сөзлерди айтып турғанда, бир парисей Оны үйине аўқатқа шақырды. Ийса оның үйине кирип, дастурханға отырды. 38Ийсаның аўқаттан бурын қол жуўмағанын көрип, парисей таң қалды. 39Сонда Ийемиз оған:

– Ҳәй парисейлер, сизлер табақ-кесениң сыртын тазалайсызлар, бирақ өз ишиңиз нәпсиқаўлық ҳәм жаўызлыққа толы.
40Ҳәй, ақылсызлар, сыртын жаратқан ишин де жаратқан емес пе? 41Жақсысы, ыдысларыңыздың ишиндегиден қайыр-садақа бериңлер, сонда сизлер ушын ҳәмме нәрсе таза болады.

42Ҳәсирет шегесизлер, парисейлер! Сизлер жалбыз, ийисли шөп ҳәм ҳәр түрли палыз өнимлериниң оннан бирин бересизлер, бирақ әдилликке ҳәм Қудайдың сүйиспеншилигине бийпәрўа қарайсызлар. Буны да ислеп, оны да қалдырмаўыңыз керек еди. 43Ҳәсирет шегесизлер, парисейлер! Сизлер мәжилисханаларда сыйлы орында отырғанды, базар майданларында өзлериңизге сыйлап сәлем бергенди жақсы көресизлер. 44Сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер адамлар билмей үстилеринен басып өтетуғын белгисиз қәбирлерге уқсайсызлар, – деди.

45Сонда нызам муғаллимлериниң бири Ийсаға:

– Устаз! Сен бул сөзлерди айтып, бизлерди де қапа қылып атырсаң, – деди.

46Бирақ Ийса:

– Сизлер де ҳәсирет шегесизлер, нызам муғаллимлери! Өйткени сизлер көтерип жүриўге қыйын жүклерди адамларға көтертип, өзлериңиз оларды көтерисиўге бармағыңызды да қозғамайсызлар.
47Сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер ата-бабаларыңыз өлтирген пайғамбарларға мазарлар орнатасызлар. 48Солай етип, сизлер ата-бабаларыңыздың ислерин мақуллап, оларды дәлиллейсизлер. Олар пайғамбарларды өлтирген еди, ал сизлер оларға мазарлар орнатасызлар. 49Сонлықтан да, Қудайдың даналығы былай деген: «Мен оларға пайғамбарлар менен елшилерди жиберемен. Олар гейбиреўлерин өлтирип, гейбиреўлерин қуўғын қылады». 50 51Сол себептен Абылдың қанынан баслап, қурбанлық орын менен Ибадатхана арасында өлтирилген Зехарияның қанына дейин, дүнья жаратылғаннан бери төгилген барлық пайғамбарлардың қаны усы әўладтан талап етиледи. Аўа, сизлерге айтатуғыным: усы әўладтан талап етиледи! 52Ҳәсирет шегесизлер, нызам муғаллимлери! Өйткени сизлер қутқарылыў ҳаққында билим қапысының гилтин тартып алдыңлар: бул қапыдан өзлериңиз де кирмедиңлер, кирмекши болғанларға да тосқынлық жасадыңлар, – деди.

53Ийса сол жерден кетип баратырғанда, ашыўланған диний муғаллимлер менен парисейлер Оны қысқыға алып, көп сораўларға жуўап бериўге мәжбүрледи. 54Олар сөзинен тутып айыплаў ушын, Ийсаны аңлыды.
Copyright information for KaaIBT22C