Luke 11:9-13
9Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: сораңлар, сизлерге бериледи. Излеңлер, табасызлар. Есикти қағыңлар, ол сизлерге ашылады. 10Өйткени сораған ҳәр бир адам алады, излеген табады, есик қаққанға ашылады. 11Араңызда қайсы әке баласы ▼▼ Базы қолжазбаларда «…нан сораса, оған нан орнына тас береди. Я болмаса» деген сөзлер де бар.
балық сораса, оған балық орнына жылан береди? 12Мәйек сораса, оған шаян береди? 13Солай етип, өзлериңиз жаман бола тура, балаларыңызға жақсы сыйлар бериўди билсеңиз, онда аспандағы Әке де Өзинен сорағанларға Мухаддес Руўхты бериўи сөзсиз.
Copyright information for
KaaIBT22C