‏ Luke 12:2-9

2Ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, билинбейтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ. 3Сонлықтан қараңғыда айтқаныңыз жақтыда еситиледи, бекитиўли қапы артында қулаққа сыбырлап айтқаныңыз үйлердиң төбесинен жәрияланады.

4Мениң сизлерге, досларыма айтатуғыным: денени өлтирсе де, буннан соң басқа ҳеш нәрсе ислей алмайтуғынлардан қорқпаңлар! 5Бирақ кимнен қорқыўыңыз керек екенин айтайын: өлтиргеннен кейин, дозаққа таслайтуғын Қүдирети күшли Қудайдан қорқыңлар. Аўа, сизлерге айтатуғыным: Оннан қорқыңлар. 6Бес шымшық еки тийинға сатылмай ма? Солай болса да, олардың ҳеш бирин де Қудай умытпайды. 7Басларыңыздағы шашлардың бәри де Қудайға санаўлы. Сонлықтан қорқпаңлар: көп шымшықлардан сизлер қымбатлырақсызлар.

8Сизлерге айтатуғыным: ким де ким Мени адамлар алдында тән алса, Адам Улы да оны Қудайдың периштелериниң алдында тән алады. 9Ал ким де ким Мени адамлар алдында тән алмаса, оның өзи де Қудайдың периштелериниң алдында тән алынбайды.
Copyright information for KaaIBT22C