Luke 12:22-31
Тәшиўишленбеңлер!
(Мат 6:25-34)
22Ийса шәкиртлерине былай деди: – Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: не жеймиз деп, жаныңыз ушын, не кийемиз деп, денеңиз ушын тәшиўишленбеңлер! 23Жан аўқаттан, дене кийимнен артық. 24Ғарғаларға қараңлар: олар екпейди де, ормайды да. Олардың я дән сақлағышлары, я ғәллеханалары жоқ. Бирақ, Қудай оларды асырайды. Ал сизлер қуслардан қаншелли қымбатлысызлар! 25Тәшиўишлениў себепли, ким сизлердиң араңызда өз өмирин бир саатқа болса да узайта алады? 26Егер усындай кишкене нәрсе қолыңыздан келмесе, басқа нәрселер ҳаққында тәшиўишлениўдиң неге кереги бар? 27Лала гүллериниң қалай өсип турғанына қараңлар! Олар мийнет те етпейди, жип те ийирмейди. Ал сизлерге айтатуғыным: Сулайман да өзиниң сән-салтанатында усылардың биреўиндей сәнли кийинбеген еди. 28Егер бүгин далада өсип турғаны менен, ертең ошаққа тасланатуғын шөпти Қудай усылай кийиндирсе, сизлерди олардан да артық кийиндирмес пе еди, ҳәй, исеними азлар! 29Сонлықтан да, не ишип, не жейтуғыныңызды излеп, тәшиўишленбеңлер. 30Себеби усылардың бәрин бул дүньяға тийисли адамлар излеп жүреди. Сизлердиң усыларға мүтәж екениңизди Әкеңиз биледи. 31Оның орнына, Қудайдың Патшалығын излеп жүриңлер, сонда булар сизлерге қосымша етип бериледи.
Copyright information for
KaaIBT22C