Luke 12:33-36
33Мал-мүлкиңизди сатып, қайыр-садақа бериңлер. Өзлериңизге тозбайтуғын қалта ислеп, аспанда таўысылмайтуғын ғәзийне жыйнаңлар. Ол жерге уры да жақынламайды, күйе де түсип жемейди. 34Өйткени байлығыңыз қай жерде болса, жүрегиңиз де сол жерде болады.Ийсаның қайта келиўине таяр болыў
(Мат 24:45-51; Мрк 10:38; 13:34-36)
35– Беллериңиз буўыўлы болып, шыраларыңыз жанып турсын! 36Хожайыны неке тойдан қайтып келип, есикти қаққанда, оған дәрриў ашыў ушын күтип турған хызметшилердей болыңлар.
Copyright information for
KaaIBT22C