‏ Luke 13:18-21

Қышқыл туқым ҳәм ашытқы

(Мат 13:31-33; Мрк 4:30-32)

18Соңынан Ийса:

– Қудайдың Патшалығы неге уқсайды? Оны неге мегзетейин?
19Ол – бир адамның өз бағына еккен қышқыл туқымына
Қышқыл туқым – горчица.
уқсайды. Ол өсип, терек болады ҳәм шақаларына аспан қуслары ушып келип, уя салады, – деди.

20Ийса және былай деди:

– Қудайдың Патшалығын неге уқсатайын?
21Ол бир ҳаялдың үш самар қамырға аз ғана ашытқы салғанда, барлық қамырды ашытатуғын ашытқысына уқсайды.
Copyright information for KaaIBT22C