Luke 14:15-24
Тойға мирәт етилгенлер
(Мат 22:1-10)
15Ийса менен дастурхан әтирапында отырғанлардың бири бул сөзлерди еситип, Оған: – Қудайдың Патшалығында дуз татқан адам бахытлы, – деди. 16Ийса оған былай деди: – Бир адам үлкен зыяпат берип, көп қонақ шақырыпты. 17Аўқатланатуғын ўақыт болғанда: «Келиңлер, ҳәммеси таяр болды», – деп айтыў ушын, мирәт етилгенлерге өз хызметшисин жиберипти. 18Бирақ ҳәммеси ойласып қойғандай, сылтаў таба баслапты. Бириншиси оған: «Мен жер сатып алдым, соны барып көриўим керек, өтинемен, мени кешир», – депти. 19Ал екиншиси: «Мен бес жуп өгиз сатып алдым, соларды сынап көриўге баратырман. Өтинемен, мени кешир», – депти. 20Үшиншиси де: «Мен тап жаңа үйлендим, сонлықтан бара алмайман», – депти. 21Хызметши қайтып келип, булардың ҳәммесин хожайынына айтып берипти. Үй ийеси ашыўланып, хызметшисине: «Тез бар да, қаланың үлкен-киши көшелерин аралап, жарлы, майып, соқыр ҳәм ақсақ адамларды бул жерге алып кел», – деп буйырыпты. 22Соңынан хызметши: «Хожайын, буйырғанларыңызды орынладым, бирақ және де бос орын бар», – депти. 23Хожайын хызметшисине: «Жолларға ҳәм аўыл соқпақларына барып, адамларды бул жерге келиўге көндир. Сонда үйим адамларға толы болады. 24Өйткени сизлерге айтатуғыным: мирәт етилгенлердиң ҳеш қайсысы да мениң зыяпатымнан дуз татпайды ▼▼ Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Өйткени мирәт етилгенлер көп, ал таңлап алынғанлар аз».
», – депти.
Copyright information for
KaaIBT22C