‏ Luke 18:15-17

Ийса ҳәм кишкене балалар

(Мат 19:13-15; Мрк 10:13-16)

15Қолын тийгизсин деп, адамлар Ийсаға бөбеклерин алып келди. Шәкиртлери буны көрип, оларға кейиди. 16Бирақ Ийса оларды қасына шақырып алып, шәкиртлерине:

– Балалардың Маған келиўине рухсат бериңлер, оларға тосқынлық жасамаңлар. Өйткени Қудайдың Патшалығы усындайлардики.
17Сизлерге шынын айтаман: ким де ким Қудайдың Патшалығын кишкене бала сыяқлы қабыл етпесе, ол оған кире алмайды, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C