Luke 18:18-30
Байлық ҳәм мәңгилик өмир
(Мат 19:16-30; Мрк 10:17-31)
18Бир басшы Ийсадан: – Ийгиликли Устаз! Мәңгилик өмирди алыўым ушын не ислеўим керек? – деп сорады. 19Ийса оған: – Сен неге Мени ийгиликли деп атап атырсаң? Жалғыз Қудайдан басқа ҳеш ким ийгиликли емес. 20Оның буйрықларын өзиң билесең: «Неке ҳадаллығын бузба, адам өлтирме, урлық ислеме, жалған гүўалық берме, ата-анаңды ҳүрметле» ▼, – деди. 21Бирақ ол: – Булардың ҳәммесин мен бала ўақтымнан бери орынлап киятырман, – деди. 22Буны еситкен Ийса оған: – Саған және бир нәрсе жетиспейди. Барлық мал-мүлкиңди сатып, ақшасын жарлыларға үлестирип бер. Сонда сениң ғәзийнең аспанда болады. Соңынан келип, Мениң изиме ер, – деди. 23Басшы буны еситип, қатты қапа болды. Себеби ол жүдә бай еди. 24Ийса оның қапа болғанын көрип: – Байлығы барлардың Қудайдың Патшалығына кириўи қандай қыйын! 25Бай адамның Қудайдың Патшалығына кириўинен гөре, түйеге ийнениң көзинен өтиў аңсатырақ, – деди. 26Буны еситкенлер: – Олай болса, ким қутқарыла алады? – деп сорады. 27– Адамлардың қолынан келмеген нәрсе Қудайдың қолынан келеди, – деди Ийса. 28Сонда Петр: – Минекей, бизлер ҳәмме нәрсемизди таслап, Сениң изиңе ердик, – деди. 29Ийса шәкиртлерине: – Сизлерге шынын айтаман: Қудайдың Патшалығы ушын я үйин, я ҳаялын, я туўысқанларын, я ата-анасын, я балаларын қалдырып кеткен ҳәр бир адам 30бул дүньяда неше есе артығы менен алады ҳәм келешекте мәңгилик өмирге ийе болады, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C