Luke 18:35-43
Ийсаның бир соқыр адамға шыпа бериўи
(Мат 20:29-34; Мрк 10:46-52)
35Ийса Ерихо қаласына жақынлағанда, жолдың шетинде тиленшилик етип, бир соқыр адам отыр еди. 36Қасынан адамлардың өтип баратырғанын еситкен ол: – Не болып атыр? – деп сорады. 37– Насыралы Ийса өтип баратыр, – деди адамлар оған. 38Сонда ол: – Даўыттың Урпағы ▼▼ Даўыттың Урпағы – Масийхтың басқа атағы.
Ийса! Маған реҳим ете гөр! – деп бақырып жиберди. 39Алдында кетип баратырғанлар үнин шығармаўды айтып, оған кейиди. Бирақ ол оннан да бетер қатты бақырып: – Даўыттың Урпағы! Маған реҳим ете гөр! – деди. 40Сонда Ийса тоқтап, соқыр адамды қасына алып келиўди буйырды. Соқыр адам жақынлағанда, Ийса оннан: 41– Сен ушын не ислеўимди қәлейсең? – деп сорады. – Ийем, көзлерим көретуғын болсын, – деди ол. 42Ийса оған: – Көзлериң көретуғын болсын, исенимиң сени қутқарды, – деди. 43Сол ўақытта-ақ соқыр адамның көзлери көре баслады ҳәм Қудайды алғыслап, Ийсаның изине ерди. Буны көрген пүткил халық та Қудайды мақтады.
Copyright information for
KaaIBT22C