‏ Luke 19:11-27

Он мина ҳаққында тымсал

(Мат 25:14-30)

11Буларды тыңлап отырғанларға Ийса тымсал менен сөзин даўам етти. Өйткени Ол Ерусалимге жақынласып қалғанлықтан, олар: «Қудайдың Патшалығы жақын арада келеди», – деп ойлаған еди. 12Сонлықтан Ийса былай деди:

– Бир ақсүйек адам өзине патшалық бийлигин алып қайтыў ушын, узақ елге кетпекши болыпты.
13Ол өзиниң он хызметшисин шақырып алып: «Мен қайтып келемен дегенше, бул ақшаны айланысқа салыңлар», – деп, оларға он мина
Он мина – бир мина жумысшының үш айлық ис ҳақысы.
берипти.
14Бирақ оған қараслы пуқаралар оны жек көретуғын еди. Сонлықтан оның изинен ўәкиллерин жиберип: «Оның бизлердиң үстимизден патша болыўын қәлемеймиз», – деп хабар жоллапты.

15Бирақ ол патша болып қайтып келгенде, өзи берген ақшалар менен ким қанша арттырғанын билиў ушын хызметшилерин өзине шақыртыпты. 16Бириншиси келип: «Хожайын! Сизиң бир минаңыз және он мина арттырды», – депти. 17Хожайыны оған: «Бәрекелла, жақсы хызметшим! Кишкене исте исенимли болғаның ушын, сен он қала үстинен басқарыўға бийлик аласаң», – депти.

18Екиншиси келип: «Хожайын, сизиң бир минаңыз және бес мина арттырды», – депти. 19Хожайыны оған да: «Сен бес қаланың үстинен басқарыўшы боласаң», – депти.

20Соңынан басқасы да келип: «Хожайын! Мине, сизиң минаңыз. Мен оны бет орамалға түйип сақладым. 21Мен сизден қорқтым. Себеби сиз қоймаған жериңизден алып, екпеген жериңизден оратуғын қатал адамсыз», – депти. 22Хожайыны оған: «Ҳәй, жаман хызметши! Сени өз аўзыңнан шыққан сөзлериң менен айыплайман. Мениң қоймаған жерден алатуғын, екпеген жерден оратуғын қатал адам екенимди биледи екенсең, 23неге енди ақшамды айланысқа берип жибермедиң? Сонда мен қайтып келгенимде, оны пайдасы менен қайтарып алар едим», – депти. 24Соң қасында турғанларға қарап: «Оннан минаны алың да, он минасы барға бериңлер», – депти. 25«Хожайын, оның он минасы бар-ғо», – десипти олар. 26Сизлерге айтатуғыным: кимде бар болса, оған қосымша бериледи, ал кимде жоқ болса, оның бары да тартып алынады. 27Енди үстилеринен патша болыўымды қәлемеген душпанларымды бул жерге алып келиң де, көзимниң алдында өлтириңлер, – депти патша.
Copyright information for KaaIBT22C