‏ Luke 19:28-40

Ийсаның Ерусалимге салтанатлы түрде кириўи

(Мат 21:1-11; Мрк 11:1-11; Юхн 12:12-19)

28Усыларды айтып болғаннан кейин Ийса жол баслап, Ерусалимге қарай жүрди. 29Ол Зәйтүн таўы деп аталатуғын таўдың етегиндеги Бетфаге ҳәм Бетания деген аўылларға келгенде еки шәкиртин жумсап, 30оларға былай деди:

– Қарсы алдыңыздағы аўылға барыңлар. Оған киргениңизде, еле ҳеш ким минбеген, байлап қойылған гүррени табасызлар. Оны шешип, алып келиңлер.
31Егер биреў: «Оны неге шешип атырсызлар?» – деп сораса, «Ол Ийемизге керек», – деп айтыңлар.

32Жиберилгенлер барып, Ийсаның өзлерине айтқанларын анық тапты. 33Олар гүррени шешип атырғанда, оның ийелери:

– Гүррени неге шешип атырсызлар? – деп сорады.

34Олар:

– Ол Ийемизге керек, – деп жуўап берди.

35Олар гүррени Ийсаға алып келди. Оның үстине өзлериниң шапанларын жаўып, оған Ийсаны миндирди. 36Ийса баратырғанда, адамлар жолға шапанларын төседи.

37Ийса Зәйтүн таўынан төмен түсетуғын жерге жақынлағанда, Оның барлық шәкиртлериниң топары өзлери көрген барлық кәраматлары ушын қуўанышлы түрде бәлент даўыс пенен Қудайға мақтаўлар айта баслады: 38«Жаратқан Ийениң аты менен келетуғын Патша жарылқанған!
Аспанда тынышлық, ең жоқарыдағы Қудайға алғыс болсын!»
Заб 117:26.

39Халық арасында турған гейбир парисейлер Ийсаға:

– Устаз, шәкиртлериңе тыйым сал, – деди.

40Ийса оларға:

– Сизлерге айтатуғыным: егер олар үндемей қалса, таслар бақырады, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C