‏ Luke 19:45-48

Ийсаның Ибадатханадан сатыўшыларды қуўыўы

(Мат 21:12-17; Мрк 11:15-19; Юхн 2:13-22)

45Соңынан Ийса Ибадатханаға кирип, ол жерден сатыўшыларды қуўып шығара баслады. 46Оларға:

– «Мениң Үйим дуўа ететуғын үй болады» , – деп Мухаддес Жазыўда жазылған, ал сизлер оны қарақшылардың уясына айландырдыңлар! – деди.

47Ийса ҳәр күни Ибадатханада тәлим беретуғын еди. Бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм халық басшылары Оны жоқ қылыўдың жолын изледи. 48Бирақ буның илажын таба алмады, себеби пүткил халық Ийсаның сөзлерин жан-тәни менен тыңлайтуғын еди.
Copyright information for KaaIBT22C