‏ Luke 20:1-8

Ийсаның бийлиги ҳаққында сораў

(Мат 21:23-27; Мрк 11:27-33)

1Күнлердиң биринде Ийса халыққа Ибадатханада тәлим берип, оларға Хош Хабарды жәриялап турғанда, Оның қасына бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер ақсақаллар менен бирге келип, 2Оннан:

– Бизлерге айтшы, бул ислерди қандай бийлик пенен ислеп жүрсең ҳәм бундай бийликти Саған ким берди? – деп сорады.

3Ийса жуўап қайтарып:

– Мен де сизлерден бир нәрсени сорайын. Айтыңларшы:

4Яқыяның шомылдырыўы аспаннан болды ма ямаса адамлардан ба? – деди.

5Олар өз ара ойласып:

– Егер «аспаннан» десек, Ол бизлерге: «Сонда неге оған исенбедиңлер», – деп айтар.
6Ал егер «адамлардан» десек, пүткил халық бизлерге тас атар, өйткени олар Яқыяның пайғамбар екенине исенеди, – дести. 7Сонлықтан олар Ийсаға:

– Қаяқтан екенин билмеймиз, – деп жуўап берди.

8Сонда Ийса оларға:

– Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтпайман, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C