‏ Luke 20:20-26

Салық төлеў туўралы

(Мат 22:15-22; Мрк 12:13-17)

20Олар Ийсаны дыққат пенен аңлый баслады. Ийсаны сөзинен тутып, Оны ҳәкимниң бийлигине ҳәм ҳүкимине тапсырыў ушын, Оған өзлерин ҳақ нийетли қылып көрсететуғын жансызларды жиберди. 21Жансызлар Ийсадан:

– Устаз, бизлер Сениң ҳақыйқатты айтып тәлим берип атырғаныңды билемиз. Ҳеш кимниң бет-жүзине қарамай, Қудайдың жолын дурыс үйретип атырсаң.
22Айтшы, бизлердиң Рим императорына салық төлеўимиз дурыс па ямаса надурыс па? – деп сорады.

23Бирақ Ийса олардың ҳийлесин түсинип, оларға:
Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Сизлер Мени неге сынап атырсызлар?»

24– Маған бир динар көрсетиңлер. Бунда кимниң сүўрети бар ҳәм кимниң аты жазылған? – деди.

Олар:

– Рим императорының, – деп жуўап берди.

25Сонда Ийса:

– Олай болса, императордың ҳақын императорға, Қудайдың ҳақын Қудайға бериңлер, – деди.

26Солай етип, олар Ийсаны халық алдында айтқан бирде бир сөзинен тута алмады. Оның жуўапларына таң қалысып, лал болып қалды.
Copyright information for KaaIBT22C