‏ Luke 20:27-40

Қайта тирилиў ҳаққында сораў

(Мат 22:23-33; Мрк 12:18-27)

27Қайта тирилиў жоқ деўши саддукейлердиң
Саддукейлер – Ийсаның заманында яҳудийлердиң күшли диний топары.
айырымлары Ийсаға келип, Оннан:

28– Устаз, Муўса бизлерге, егер биреўдиң ағасы баласыз өлип ҳаялын қалдырса, иниси оның ҳаялын алып, өз ағасының урпағын даўам еттириў кереклигин жазып қалдырған еди. 29Ағайинли жети жигит бар еди. Олардың бириншиси үйленип, баласыз өлди. 30Екиншиси де, 31үшиншиси де сол ҳаялды алды. Ҳаялды жетеўиниң ҳәммеси де алып, бала қалдырмай өлип кетти. 32Ең соңында ҳаялдың өзи де қайтыс болды. 33Ал қайта тирилгенде ол жетеўиниң ишинде қайсысының ҳаялы болады? Ол жетеўине де ҳаял болған еди-ғо, – деп сорады.

34Ийса жуўап берип былай деди:

– Бул дүньяның адамлары үйленеди ҳәм турмысқа шығады.
35Ал келеси дүньяға ҳәм өлимнен қайта тирилиўге ылайықлы болғанлар үйленбейди де, турмысқа да шықпайды. 36Олар периштелер сыяқлы болғанлықтан, енди өлмейди. Өлимнен қайта тирилгенликтен, Қудайдың балалары болады. 37Муўса да өлгенлердиң қайта тирилетуғынын жанып турған пута ҳаққында айтылған ўақыяда көрсеткен еди. Ол сол жерде Жаратқан Ийени: «Ибрайымның Қудайы, Ысақтың Қудайы, Яқыптың Қудайы» деп атаған. 38Қудай өлилердиң емес, ал тирилердиң Қудайы. Себеби Оған тийисли адамлардың ҳәммеси тири.

39Диний муғаллимлердиң гейбиреўлери:

– Устаз, Сен дурыс айттың, – деди.

40Оған және сораў бериўге ҳеш кимниң батылы бармады.
Copyright information for KaaIBT22C