‏ Luke 20:41-44

Масийх кимниң Урпағы?

(Мат 22:41-46; Мрк 12:35-37)

41Ийса оларға былай деди:

– Қалайынша Масийхты Даўыттың Урпағы деседи?
42Даўыттың өзи Забурда: «Жаратқан Ийе Ийеме айтты:
43„Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша,
Мениң оң жағымда отыр!“»

деген.

44Солай етип, Даўыт Оны «Ийем» деп атаған болса, Ол қалайынша оның Урпағы болады?
Copyright information for KaaIBT22C