‏ Luke 20:9-19

Жаўыз дийханлар ҳаққында тымсал

(Мат 21:33-46; Мрк 12:1-12)

9Соңынан Ийса халыққа мына тымсалды айтып берди:

– Бир адам жүзим бағын отырғызыпты ҳәм оны дийханларға ижараға берип, өзи узақ ўақытқа алыс жерге кетип қалыпты.
10Терим мәўсими келгенде, ол бағдың жемисинен тийисли үлесин алыў ушын, дийханларға өзиниң бир хызметшисин жиберипти. Бирақ дийханлар оны урып, қуры қол қайтарыпты. 11Ол басқа хызметшисин жибергенде, оны да урып, масқаралап, қуры қол қайтарыпты. 12Үшиншисин жумсағанда, оны да жарадар етип, қуўып жиберипти. 13Сонда жүзим бағының ийеси: «Не қылсам екен? Сүйикли улымды жиберейин. Мүмкин, оны ҳүрмет етер», – депти. 14Бирақ дийханлар оны көрип, өз ара ойласып: «Бул мийрасхор-ғо. Жүриңлер, оны өлтирейик, сонда мийрас мүлки бизлерге қалады», – десипти де, 15оны жүзим бағынан сыртқа шығарып, өлтирипти. Енди жүзим бағының ийеси оларға не ислейди? 16Ол келип, сол дийханларды жоқ қылады да, жүзим бағын басқаларға береди.

Буны еситкенлер:

– Қудай сақласын! – дести.

17Бирақ Ийса көзлерин оларға тигип:

– Олай болса, Мухаддес Жазыўдағы: «Қурылысшылардың керексиз деп таслаған тасы,
Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды»
Заб 117:22.
, –

деген сөзлер нени аңлатады?

18Сол тасқа түскен ҳәр бир адамның шыл-пәршеси шығады. Тас кимниң үстине түссе, соны женшип таслайды, – деди.

19Ийсаның бул тымсалды өзлерине тийгизип айтып атырғанын түсинген диний муғаллимлер менен бас руўханийлер Оны сол ўақытта-ақ қолға алыўға тырысты, бирақ халықтан қорқты.
Copyright information for KaaIBT22C