‏ Luke 21:29-33

Сергек болып, дуўа етиңлер!

(Мат 24:32-35; Мрк 13:28-31)

29Ийса оларға мына тымсалды айтып берди:

– Әнжир ағашына ҳәм басқа барлық тереклерге қараңлар.
30Олардың жапырақ шығара баслағанын көргениңизде, жаздың жақынлағанын өзлериңиз билесизлер. 31Сол сыяқлы, сизлер бул ўақыялардың болып атырғанын көргениңизде, Қудайдың Патшалығының жақын екенин билиңлер.

32Сизлерге шынын айтып турман: бул әўлад жоқ болып кетпесинен бурын булардың ҳәммеси болады. 33Аспан менен жер жойылады, бирақ Мениң сөзлерим ҳеш қашан жойылмайды.
Copyright information for KaaIBT22C