‏ Luke 21:5-19

Ақырзаманның белгилери

(Мат 24:1-14; Мрк 13:1-13)

5Гейбиреўлер Ибадатхананың сулыў таслар ҳәм Қудайға арналған сыйлар менен безетилгенин айтып турғанда, Ийса:

6– Сизлер усы жерде көрип турғанларыңыздан тас үстинде тас қалмай, ҳәммеси қыйратылатуғын күнлер келеди, – деди.

7Олар Ийсадан:

– Устаз, булар қашан болады? Булардың болатуғынын алдын ала қандай белги билдиреди? – деп сорады.

8Ийса оларға:

– Алданыўдан сақ болыңлар! Себеби көплер Мениң атым менен келип: «Мен – Масийхпан» ямаса «Ўақыт жақын» дейди. Олардың излерине ермеңлер.
9Урыслар ҳәм көтерилислер ҳаққында еситкениңизде, қорқпаңлар. Өйткени дәслеп усылар болыўы тийис. Бирақ ақыры дәрҳал келмейди, – деди.

10Соңынан Ийса оларға былай деди:

– Миллет миллетке қарсы, патшалық патшалыққа қарсы көтериледи.
11Күшли жер силкиниўлер, көп жерлерде ашаршылықлар ҳәм қырғынлар болады. Аспанда қорқынышлы қубылыслар ҳәм уллы кәраматлы белгилер жүз береди. 12Бирақ булардың ҳәммесинен бурын адамлар сизлерди услап алып қуўғын қылады, мәжилисханаларға тапсырып, қамаққа салады. Мениң атым ушын сизлерди патшалар менен ҳәкимлердиң алдына алып барады. 13Сонда сизлерге Мен туўралы гүўалық бериўге мүмкиншилик туўылады. 14Сонлықтан өзлериңизди қалай қорғаўды алдын ала ойламаўды кеўиллериңизге түйип алыңлар. 15Себеби Мен сизлерге сондай шешенлик пенен даналық беремен, сизлерге қарсы шыққанлардың ҳеш қайсысы да қарсы сөйлей де, сөзлериңизди бийкарлай да алмай қалады. 16Ҳәтте, ата-ана, аға-ини, ағайин-туўған ҳәм досларыңыз да сизлерге сатқынлық ислейди. Ал гейбиреўлериңизди өлтиреди. 17Мениң атым себепли, сизлерди ҳәмме жек көреди. 18Бирақ басларыңыздағы бир тал шаш та набыт болмайды. 19Сабырлылығыңыз бенен өз жаныңызды қутқарасызлар.
Copyright information for KaaIBT22C