‏ Luke 22:14-23

14Аўқатланатуғын ўақыт болғанда, Ийса елшилери менен бирге дастурхан әтирапына отырды. 15Оларға:

– Азап шекпесимнен бурын бул байрам асын сизлер менен бирге жеўди қатты қәлеген едим.
16Сизлерге айтатуғыным: бизлер Қудайдың Патшалығында ҳақыйқый Қутқарылыў асын жемегенимизше, Мен бул астан басқа жемеймен, – деди.

17Соңынан Ийса қолына кесени алып, шүкирлик етти де:

– Буны алып, өз ара бөлисип ишиңлер.
18Себеби Мениң сизлерге айтатуғыным: Қудайдың Патшалығы келмегенше, Мен енди жүзим ишимлигинен ишпеймен, – деди.

19Соң нанды алып, Қудайға шүкирлик билдирди ҳәм оны сындырып, оларға берди де:

– Бул – сизлер ушын берилетуғын Мениң денем. Мени еслеп турыў ушын буны ислеңлер, – деди.

20Сол сыяқлы, кешки аўқаттан соң кесени алып:

– Бул кесе – Сизлер ушын төгилетуғын Мениң қаным менен бекитилетуғын жаңа келисим.

21Бирақ қараңлар, Мени сататуғын адамның қолы Мениң қолым менен бир дастурханда. 22Адам Улы Қудай алдын ала белгилегендей баратыр. Бирақ Оған сатқынлық қылыўшы ҳәсирет шегеди! – деди.

23Шәкиртлер бир-биринен:

– Бул исти ислейтуғын қайсысымыз? – деп сорай баслады.
Copyright information for KaaIBT22C