Luke 22:47-53
Ийсаның қолға алыныўы
(Мат 26:47-56; Мрк 14:43-50; Юхн 18:3-11)
47Ийса еле сөйлеп турғанда, бир топар адамлар пайда болды. Олардың алдында он еки шәкиртиниң бири Яҳуда киятыр еди. Ол Ийсаны сүйиў ушын Оған жақынласты ▼▼ Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Себеби бул белгини ол оларға берген еди: Мен кимди сүйсем, Ол – Соның Өзи».
. 48Ийса оған: – Яҳуда! Сен Адам Улын сүйип турып, Оған сатқынлық ислейсең бе? – деди. 49Ийсаның қасындағылар не болажағын сезип: – Ийем, қылышты иске салайық па? – деди. 50Олардың биреўи бас руўханийдиң қулының оң қулағын шаўып таслады. 51Бирақ Ийса: – Тоқтатыңлар, жетер енди! – деп қулдың қулағына қолын тийгизип, жазып жиберди. 52Соң Ийса Өзин услаўға келген бас руўханийлерге, Ибадатхананың бас қараўылларына ҳәм ақсақалларға былай деди: – Мени услаў ушын жынаятшыға қарсы шыққандай болып, қылыш ҳәм шоқмар алып келдиңлер ме? 53Мен ҳәр күни сизлер менен бирге Ибадатханада болғанымда, Маған қарсы қол көтермедиңлер. Бирақ енди заман сизлердики, ҳәзир қараңғылық үстемлик ететуғын ўақыт.
Copyright information for
KaaIBT22C