‏ Luke 22:66-71

Ийса жоқарғы кеңес алдында

(Мат 26:59-66; Мрк 14:55-64; Юхн 18:19-24)

66Таң атқаннан кейин, халық ақсақаллары, яғный бас руўханийлер менен диний муғаллимлер жыйналып мәсләҳәтлести де, Ийсаны өзлериниң жоқарғы кеңесине апарды. 67Оннан:

– Бизлерге айт, Сен Масийхпысаң? – деп сорады.

Ийса оларға:

– Мен сизлерге айтсам да, исенбейсизлер.
68Сизлерге сораў берсем де, жуўап бермейсизлер
Базы қолжазбаларда «…ҳәм сизлер мени жибермейсизлер» деген сөзлер де бар.
.
69Бирақ ендигиден былай, Адам Улы қүдиретли Қудайдың оң жағында отырады , – деди.

70Сонда ҳәммеси:

– Демек, Сен Қудайдың Улымысаң? – деп сорады.

Ийса оларға:

– Мениң Сол екенимди өзлериңиз айтып турсыз, – деп жуўап берди.

71Сонда олар:

– Бизлерге және қандай гүўалық керек? Өз аўзынан еситтик-ғо, – дести.
Copyright information for KaaIBT22C