‏ Luke 22:7-13

Ийсаның соңғы кешеси

(Мат 26:17-25; Мрк 14:12-21; Юхн 13:21-30; 1Кор 11:23-25)

7Қутқарылыў байрамының қозысы шалыныўы керек болған Ашытқысыз нан байрамы жетип келди. 8Ийса Петр менен Юханды жиберип:

– Барыңлар, бизлер ушын Қутқарылыў байрамының асын таярлаңлар, – деди.

9Олар:

– Қай жерде таярлаўымызды қәлейсең? – деп сорады.

10Ийса оларға былай деди:

– Қалаға киргениңизде, гүзе менен суў көтерип киятырған адамға гезлесесиз. Оның изине ерип, ол кирген үйге кириңлер
11ҳәм үйдиң ийесине: «Устазымыз: „Шәкиртлерим менен бирге байрам асын жейтуғын бөлме қәне?“– деп сеннен сорап атыр», – деңлер. 12Ол сизлерге төсеклер төселген жоқарыдағы үлкен бөлмени көрсетеди. Сол жерде таярлаңлар.

13Олар барып, Ийсаның айтқанларының ҳәммесин таўып, байрам асын таярлады.
Copyright information for KaaIBT22C