Luke 23:1-5
Ийсаның Пилатқа апарылыўы
(Мат 27:1-2, 11-14; Мрк 15:1-5; Юхн 18:28-38)
1Сонда жыйналғанлардың ҳәммеси орынларынан турып, Ийсаны Пилатқа алып барды да, 2Оны былай деп айыплай баслады: – Бизлер бул адамның халқымызды жолдан азғырып жүргенин анықладық. Ол Рим императорына салық төлеўге қарсы шығып, Өзин Масийхпан, яғный Патшаман деп атайды. 3Пилат Ийсадан: – Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады. Ийса оған: – Сол екенимди өзиң айтып турсаң, – деп жуўап берди. 4Пилат бас руўханийлер менен халыққа: – Мен бул адамнан ҳеш бир айып таппай турман, – деди. 5Бирақ олар айтқанынан қайтпай: – Ол Галила үлкесинен баслап, ҳәтте, усы жерге дейин пүткил Яҳудияда Өз тәлиматын тарқатып, халыққа қозғалаң салып жүр, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C