Luke 23:13-25
Өлим ҳүкими
(Мат 27:15-26; Мрк 15:6-15; Юхн 18:39-40; 19:1-16)
13Пилат бас руўханийлерди, басшыларды ҳәм халықты шақыртып алып, 14оларға: – Сизлер маған бул адамды халықты жолдан азғырып жүр деп, алып келдиңлер. Мине, мен сизлердиң көз алдыңызда Оны тергесем де, сизлердиң қойған айыпларыңыздың биреўин де оннан таппадым. 15Ҳирод та ҳеш нәрсе таппай, оны бизлерге қайтарып жиберди. Көрип турғаныңыздай, ол өлим жазасына ылайық ҳеш нәрсе ислемеген. 16Сонлықтан оны жазалап, босатып жиберемен, – деди. [ 17 ▼▼ Базы қолжазбаларда 17-аят та бар: «Пилат ҳәр Қутқарылыў байрамында олар ушын бир тутқынды босатып жибериўи керек еди».
] 18Бирақ халықтың ҳәммеси бир аўыздан: – Бул адамды жоқ қыл! Бизлерге Бараббаны босатып бер! – деп бақырысты. 19Барабба қалада жүз берген қозғалаңға қатнасып, адам өлтиргени ушын қамалған еди. 20Пилат Ийсаны босатып жибермекши болып, оларға қарата және сөйледи. 21Бирақ олар: – Оны атанақ ағашқа шегелет! Шегелет! – деп бақырысты. 22Пилат үшинши рет оларға: – Ол қандай жаманлық иследи? Мен оннан өлимге ылайықлы ҳеш айып таппадым. Солай екен, Оны жазалап, босатып жиберейин, – деди. 23Бирақ олар даўысларының барынша бақырыўды даўам етип, Ийсаны атанақ ағашқа шегелетиўди талап қылды ҳәм ақырында өз дегенлерине еристи. 24Солай етип, Пилат олардың талапларын орынлаўға қарар етти. 25Олардың сораған адамын, қозғалаң көтергени ҳәм адам өлтиргени ушын қамақта отырған адамды босатып, Ийсаны олардың еркине тапсырды.
Copyright information for
KaaIBT22C