‏ Luke 23:27-43

27Ийсаның изине жүдә көп халық ерип жүрди. Арасында Ол ушын зарлап жыласқан ҳаяллар да бар еди. 28Ийса оларға бурылып былай деди:

– Ерусалим қызлары! Мен ушын жыламаңлар. Бирақ өзлериңиз ҳәм балаларыңыз ушын жылаңлар.
29Себеби: «Нәсилсиз ҳаяллар, ҳеш қашан туўмаған қурсақлар ҳәм бала емизбеген көкиреклер бахытлы!» – деп айтатуғын күнлер келеди. 30Сонда таўларға: «Үстимизге қулаңлар!», төбешиклерге: «Бизлерди жерлеңлер!» – деседи. 31Өйткени жап-жасыл ағашқа усылай ислесе, қуўраған ағашқа не қылады екен?

32Ийса менен бирге еки жынаятшыны да өлимге алып барды. 33«Бас сүйеги» деген жерге келгенде, олар Ийсаны еки жынаятшы менен бирге атанақ ағашқа шегеледи. Жынаятшылардың биреўи Оның оң тәрепинде, екиншиси шеп тәрепинде еди. 34Ийса:

– Әке, оларды кешире гөр! Олар не ислеп атырғанын билмейди, – деди.

Әскерлер шек таслап, Ийсаның кийимлерин бөлисти
Заб 21:19.
.

35Халық сол жерде қарап турды. Ал басшылар Ийсаның үстинен күлип:

– Ол басқаларды қутқарған еди-ғо. Егер Ол Қудайдың жиберген Масийхы, Қудайдың Таңлағаны болса, Өзин Өзи қутқарсын, – деди.

36Әскерлер де Оған жақынласып, Оны масқаралады ҳәм сирке суўын берип:

37– Егер Сен Яҳудийлердиң Патшасы болсаң, Өзиңди Өзиң қутқар, – дести.

38Ийсаның бас бетинде: «БУЛ – ЯҲУДИЙЛЕРДИҢ ПАТШАСЫ» деген
Базы қолжазбаларда «…грек, латын ҳәм еврей тиллеринде» деген сөзлер де бар.
жазыў бар еди.

39Атанақ ағашқа шегеленген жынаятшылардың бири:

– Сен Масийх емессең бе? Қәне, онда Өзиңди де, бизлерди де қутқар, – деп мазақ етти.

40Ал екиншиси оған кейип:

– Өзиң де бирдей жазаға ҳүким етилип турып, Қудайдан қорқпайсаң ба?
41Бизлер ислеримизге ылайық әдил жаза алдық. Ал Ол ҳеш қандай жаманлық қылған жоқ-ғо, – деди. 42Соң Ийсаға: – Ийса, Өз Патшалығыңа киргениңде, мени есиңе ал! – деди.

43Ийса оған:

– Саған шынын айтаман: сен бүгин Мениң менен бирге жәннетте боласаң, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C