Luke 23:3-5
3Пилат Ийсадан: – Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады. Ийса оған: – Сол екенимди өзиң айтып турсаң, – деп жуўап берди. 4Пилат бас руўханийлер менен халыққа: – Мен бул адамнан ҳеш бир айып таппай турман, – деди. 5Бирақ олар айтқанынан қайтпай: – Ол Галила үлкесинен баслап, ҳәтте, усы жерге дейин пүткил Яҳудияда Өз тәлиматын тарқатып, халыққа қозғалаң салып жүр, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C