‏ Luke 23:44-49

Ийсаның жан тапсырыўы

(Мат 27:45-56; Мрк 15:33-41; Юхн 19:28-30)

44 45Түски саат он екилер шамасында күн жақтысын түсирмей, саат үшлерге дейин пүткил жерди қараңғылық қаплап турды. Ибадатханадағы Мухаддесхананың пердеси ортасынан екиге бөлинип, жыртылып кетти. 46Ийса бәлент даўыс пенен бақырып:

– Әке! Руўхымды қолларыңа тапсыраман , – деди.

Усыны айтып болды да, жан тапсырды.

47Болған ўақыяларды көрген жүзбасы Қудайды алғыслап:

– Ҳақыйқаттан да, бул ҳақ адам екен, – деди.

48Тамашаға жыйналған пүткил халық болған ўақыяларды көрип, жүрек-баўырлары езилип, излерине қайтты. 49Бирақ Ийсаны билгенлердиң ҳәммеси ҳәм Галиладан Оның изине ерип келген ҳаяллар буларға узақтан қарап турды.
Copyright information for KaaIBT22C