Luke 23:50-56
Ийсаның қәбирге қойылыўы
(Мат 27:57-61; Мрк 15:42-47; Юхн 19:38-42)
50– 51Кеңестиң қарары менен исинде қатнаспаған, кеңес ағзасы болған Юсуп атлы жақсы ҳәм ҳақ бир адам бар еди. Ол Яҳудияның Ариматия қаласынан болып, Қудайдың Патшалығын күтип жүрген еди. 52Юсуп Пилатқа барып, Ийсаның денесин сорады. 53Оны атанақ ағаштан түсирип алып, зығыр кепинге орады ҳәм еле ҳеш ким қойылмаған жартаста ойылған бир қәбирге қойды. 54Бул яҳудийлердиң таярлық күни ▼▼ Таярлық күни – жума күни.
болып, Шаббат күни кирип киятырған еди. 55Ийса менен бирге Галиладан келген ҳаяллар да Юсупке ерип барып, қәбирди ҳәм Ийсаның денесиниң қалай қойылғанын көрди. 56Олар үйлерине қайтып келип, хош ийисли майлар ҳәм әтирлер таярлап қойды. Ал Шаббат күни Қудайдың буйрығы бойынша дем алды.
Copyright information for
KaaIBT22C