‏ Luke 24:1-12

Ийсаның қайта тирилиўи

(Мат 28:1-10; Мрк 16:1-8; Юхн 20:1-10)

1Екшемби күни таң сәҳәрде ҳаяллар
Базы қолжазбаларда «…олар менен тағы басқалар» деген сөзлер де бар.
таярлап қойған хош ийисли майларын алып, қәбирге келди.
2Олар қәбирдиң аўзындағы тастың домалатып алып тасланғанын көрди. 3Бирақ ишке киргенде, Ийемиз Ийсаның денесин таба алмады. 4Олар буған таң қалысып турғанда, тосаттан жарқыраған кийим кийген еки адам пайда болды. 5Ҳаяллардың ҳүрейлери ушып, басларын жерге ийгенде, еки адам оларға былай деди:

– Тирини өлилердиң арасынан неге излейсизлер?
6Ол бул жерде жоқ, Ол қайта тирилди! Галилада болғанында, Оның сизлерге не айтқанын еслериңизге түсириңлер. 7Ол сизлерге: «Адам Улы гүнакар адамлардың қолына услап бериледи, атанақ ағашқа шегеленеди ҳәм үшинши күни қайта тириледи», – деген еди. 8Сонда олар Ийсаның сөзлерин еслерине түсирди.

9Қәбирден қайтып барған ҳаяллар булардың ҳәммесин он бир елшиге ҳәм басқа барлық адамларға хабарлады. 10Бул хабарды елшилерге жеткизгенлер магдалалы Мәриям, Юханна, Яқыптың анасы Мәриям ҳәм олар менен бирге жүрген басқа ҳаяллар еди. 11Бирақ бул сөзлер елшилерге бос гәп болып көринип, олар ҳаялларға исенбеди. 12Ал Петр орнынан турып, қәбир тәрепке қарай жуўырып кетти. Ол ишке үңилип қарағанда, сол жерде жатырған зығыр кепинди ғана көрди. Болған ўақыяға таң қалып, изине қайтты.
Copyright information for KaaIBT22C