Luke 24:13-35
Эммаусқа баратуғын жолда
(Мрк 16:12-13)
13Тап сол күни шәкиртлердиң екеўи Ерусалимнен он еки шақырымдай қашықлықтағы Эммаус деп аталатуғын бир аўылға баратырып, 14болған усы ўақыялар ҳаққында өз ара сөйлести. 15Олар өз ара сөйлесип, пикир алысып баратырғанда, Ийсаның Өзи оларға жақынлап, қатар жүрди. 16Бирақ олардың көзлери байланғандай болып, Оны танымады. 17Ийса олардан: – Сизлер өз ара нелер ҳаққында сөйлесип баратырсызлар? – деп сорады. Олар тунжырап тоқтап қалды. 18Арасындағы Клеопа атлы биреўи Оған: – Ерусалимде болсаң да, усы күнлерде сол жерде жүз берген ўақыялардан ҳеш хабары жоқ, жалғыз Сен шығарсаң, – деди. 19Ийса олардан: – Қандай ўақыялардан? – деп сорады. Олар жуўап берип: – Насыралы Ийса ҳаққындағы ўақыялардан. Ол Қудайдың ҳәм пүткил халықтың алдында исинде де, сөзинде де қүдиретли болған пайғамбар еди. 20Бас руўханийлеримиз бенен басшыларымыз Оны өлим жазасына ҳәм атанақ ағашқа шегелеўге тапсырды. 21Ал бизлер Оны Израилды азат етеди деп, үмит еткен едик. Мине, бул ўақыялардың болғанына бүгин үш күн болды. 22Буның үстине, арамыздағы ҳаяллардың гейбиреўлери бизлерди таң қалдырды. Олар ерте таңда қәбирге барып, 23Оның денесин таппай келди. Қайтып келип, Ийсаның тири екенин билдирген периштелерди көргенин айтып берди. 24Және бизлердиң ишимиздеги айырымларымыз қәбирге барып, анық ҳаяллардың айтқанындай екенин көрипти. Бирақ Ийсаның Өзин көрмепти, – деди. 25Ийса оларға былай деди: – Ҳәй, ақылсызлар! Пайғамбарлардың айтқанларының ҳәммесине шын жүректен исенбейтуғынлар! 26Масийх усы азапларды шегип, Өз салтанатына кириўи керек емес пе еди? 27Соңынан Муўсаның ҳәм барлық пайғамбарлардың Жазыўларынан баслап, Мухаддес Жазыўлардың ҳәммесинде Өзи ҳаққында айтылғанларды оларға түсиндирип берди. 28Олар өзлери баратырған аўылға жақынлағанда, Ийса Өзин жолын даўам ететуғын қылып көрсетти. 29Бирақ олар: – Бизлер менен бирге қал, күн батыўға шамаласып, кеш болажақ, – деп Оннан өтинди. Солай етип, Ийса олар менен бирге қалыў ушын аўылға кирди. 30Олар менен дастурхан басында отырғанда Ийса нанды алып, Қудайға шүкирлик етти ҳәм сындырып, оларға берди. 31Сонда ғана олардың көзлери ашылып, Оны таныды. Бирақ Ийса көзден ғайып болды. 32Олар бир-бирине: – Ол жолда бизлер менен сөйлесип, Мухаддес Жазыўларды түсиндиргенде, жүреклеримиз қуўанышқа толмаған ба еди? – деди. 33Дәрриў орынларынан турып, Ерусалимге қайтып келди. Он бир елшини ҳәм олар менен бирге жыйналғанларды тапты. 34Жыйналғанлар: – Ийемиз ҳақыйқаттан қайта тирилип, Шимонға көринипти, – дести. 35Сонда еки шәкирт те жолдағы ўақыяларды ҳәм Ийса нанды сындырғанда, Оны қалай танып қалғанын айтып берди.
Copyright information for
KaaIBT22C