Luke 24:36-49
Ийсаның шәкиртлерине көриниўи
(Мат 28:16-20; Мрк 16:14-18; Юхн 20:19-23; Елш 1:6-8)
36Олар усыны айтысып турғанда, Ийсаның Өзи олардың ортасында пайда болып: – Тынышлық сизлерге яр болсын! – деди. 37Бирақ шәкиртлер әрўақ көрип турмыз деп ойлап, таң қалысып, қатты қорқысты. 38Ийса оларға: – Неге ҳайран қалып турсызлар? Неге кеўиллериңизге бундай гүманлы ойлар келеди? 39Мениң қолларыма ҳәм аяқларыма қараңлар. Бул Мениң Өзиммен. Маған қол тийгизип көриңлер. Әрўақта ет пенен сүйек болмайды, бирақ көрип турғаныңыздай, Менде бар, – деди. 40Усыны айтып, оларға қолларын ҳәм аяқларын көрсетти. 41Ал шәкиртлери қуўанысып ҳәм аң-таң болып, еле исенбей турғанда, Ийса олардан: – Бул жерде жейтуғын бир нәрсеңиз бар ма? – деп сорады. 42Олар Оған писирилген балықтың бир бөлегин берди. 43Ийса оны алып, олардың көз алдында жеди. 44Соңынан Ийса оларға: – Сизлер менен бирге болғанымда, Мен туўралы Муўсаның Нызамында, пайғамбарлардың Жазыўларында ҳәм Забурда жазылғанлардың ҳәммеси орынланыўы тийис, деп айтқан едим, – деди. 45Кейин Мухаддес Жазыўларды түсиниў ушын олардың зейинлерин ашты 46ҳәм даўам етип оларға былай деди: – Масийх азап шегип, үшинши күни өлимнен қайта тириледи, – деп те жазылған. 47– Ерусалимнен баслап барлық халықларға Оның аты менен тәўбе етсе, гүналарының кеширилетуғынын жәриялаў тийис. 48Ал сизлер булардың гүўасысызлар. 49Мине, Мен Әкемниң ўәде еткенин сизлерге жиберемен. Бирақ сизлер жоқарыдан бул қүдиретти алғанға дейин усы қалада қалыңлар, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C