Luke 3:1-18
Шомылдырыўшы Яқыяның ўазы
(Мат 3:1-12; Мрк 1:1-8; Юхн 1:19-28)
1Рим императоры Тибериустың ҳүкимдарлығының он бесинши жылында Яҳудия үлкесинде Понтий Пилат ҳәкимлик қылды. Галиланы Ҳирод, Итурея ҳәм Трахонит үлкелерин оның иниси Филип, Абилена үлкесин Лисанияс басқарды. 2Ал Ханна менен Каяфа бас руўханий еди. Сонда шөл далада жасап атырған Зехарияның улы Яқыяға Қудайдың сөзи түсти. 3Яқыя Иордан әтирапындағы барлық үлкелерди аралап, адамларға гүналарының кеширилиўи ушын тәўбеге келиўди ҳәм суўға шомылдырылыўды ▼▼ Суўға шомылдырыў – грек тилинде «баптизо». Бул рәсим адамлардың Қудайдың алдында тәўбе етип, таза өмирди баслаўының нышаны.
жәриялап жүрди. 4Бул Ийшая пайғамбардың китабында жазылған мына сөзлерге туўры келеди: «Шөл далада бақырған бир даўыс еситиледи:Ийемизге жол таярлаңлар,
Оның жүретуғын жолларын дүзетиңлер!
5Барлық ойпатлықлар толтырылсын,
Таў-төбелер пәске шөксин,
Қыйсық жоллар дүзетилсин,
Будыр жерлер тегисленсин.
6Сонда пүткил адамзат Қудайдың қутқаратуғынын көреди» ▼.
7Яқыя шомылдырылыўға келген аламанға былай деди: – Ҳәй, уўлы жыланлардың туқымлары! Келешектеги қәҳәрли жазадан қутылыўды сизлерге ким үйретти? 8Егер сизлер тәўбе еткен болсаңлар, буған ылайық жемис бериңлер! Және: «Ата тегимиз Ибрайым ата-ғо», – деп ишлериңизден ойламаңлар. Сизлерге айтатуғыным: Қудай Ибрайымға мына таслардан да урпақ жасап бере алады. 9Тереклердиң тамырында ҳәзирдиң өзинде-ақ балта жатыр. Жақсы мийўе бермейтуғын ҳәр бир терек шабылып, отқа тасланады. 10Сонда халық оннан: – Олай болса, бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады. 11Яқыя оларға: – Кимниң еки кийими болса, биреўин кийими жоққа берсин. Кимниң аўқаты болса, ол да солай ислесин, – деп жуўап берди. 12Салықшылар да шомылдырылыў ушын келип, Яқыядан: – Устаз, бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады. 13Яқыя оларға: – Белгиленгенинен артық талап етпеңлер, – деди. 14Әскерлер де оннан: – Ал бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады. Яқыя оларға: – Ҳеш кимди тонамаңлар, ҳеш кимге жала жаппаңлар, өз ис ҳақыңызға қанаат етиңлер, – деди. 15Үмит етип күтип турған халықтың ҳәммеси Яқыя туўралы ишлеринен: – Бул Масийх емес пе екен? – деп ойлады. 16Яқыя ҳәммесине жуўап берип: – Мен сизлерди суў менен шомылдыраман, бирақ меннен кейин қүдиретли Биреў киятыр. Мен Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен. Ол сизлерди Мухаддес Руўх ҳәм от пенен шомылдырады. 17Оның жабасы қолында. Ол Өз қырманын тазалап, бийдайын ғәллеханасына жыйнайды, ал сабанын сөнбес отқа жандырады, – деди. 18Яқыя халыққа басқа да көп ескертиўлер берип, Хош Хабарды жәриялап жүрди.
Copyright information for
KaaIBT22C