Luke 3:15-17
15Үмит етип күтип турған халықтың ҳәммеси Яқыя туўралы ишлеринен: – Бул Масийх емес пе екен? – деп ойлады. 16Яқыя ҳәммесине жуўап берип: – Мен сизлерди суў менен шомылдыраман, бирақ меннен кейин қүдиретли Биреў киятыр. Мен Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен. Ол сизлерди Мухаддес Руўх ҳәм от пенен шомылдырады. 17Оның жабасы қолында. Ол Өз қырманын тазалап, бийдайын ғәллеханасына жыйнайды, ал сабанын сөнбес отқа жандырады, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C