‏ Luke 4:1-13

Ийсаның сыналыўы

(Мат 4:1-11; Мрк 1:12-13)

1Ийса Мухаддес Руўхқа толып, Иордан дәрьясынан қайтып келгенде, Руўх Оны шөл далаға алып барды. 2Сол жерде шайтан Оны қырық күн сынады. Ол бул күнлери ҳеш нәрсе жемеди. Сол кунлер өткеннен соң, ақыры аш болды.

3Сонда шайтан Ийсаға:

– Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, мына тасқа буйыр, ол нанға айлансын, – деди.

4Ийса оған жуўап берип:

– «Адам тек ғана нан менен жасамайды»
Базы қолжазбаларда «ал Қудайдың ҳәр бир сөзи арқалы» деген сөзлер де бар.
, – деп Мухаддес Жазыўда айтылған, – деди.

5Сонда шайтан Ийсаны бир бийик жерге шығарды да, Оған бир демде дүньяның барлық патшалықларын көрсетип, 6Оған:

– Мен усы мәмлекетлердиң пүткил бийлигин ҳәм олардың сән-салтанатларын Саған беремен. Өйткени олар маған берилген, оларды қәлеген адамыма беремен.
7Егер маған табынсаң, ҳәммеси Сеники болады, – деди.

8Ийса оған жуўап берип:

– Мухаддес Жазыўда: «Қудайың Жаратқан Ийеге сыйынып, тек Оған хызмет ет»
Мухаддес Жазыўда – Базы қолжазбаларда бул сөздиң алдында «Жоқ бол, шайтан!» деген сөз де бар.
, – деп айтылған, – деди.

9Соңынан шайтан Ийсаны Ерусалимге апарып, Ибадатхананың төбесине турғызып қойды да, Оған:

– Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, Өзиңди бул жерден төменге тасла,
10себеби былай деп жазылған: «Ол периштелерине Сени сақлап қалыўға буйрық береди. 11Аяғыңды тасқа урып алмаўың ушын, олар Сени қолларында алып жүреди» , – деди.

12Ийса шайтанға:

– «Қудайың Жаратқан Ийени сынама!» , – деп айтылған, – деди.

13Шайтан ҳәмме сынаўларын тамамлағаннан кейин, ўақытша Ийсаның қасынан кетти.
Copyright information for KaaIBT22C