Luke 4:16-30
Насыралылардың Ийсаны қабыл алмаўы
(Мат 13:53-58; Мрк 6:1-6)
16Ийса Өзи өскен Насыра қаласына келип, Өз әдети бойынша Шаббат күни мәжилисханаға кирди. Ийса оқыў ушын орнынан турғанда, 17Оған Ийшая пайғамбардың китабы берилди. Ол китапты ашып, мына сөзлер жазылған жерди тапты: 18– 19«Жаратқан Ийениң Руўхы Мениң үстимде.Ол Мени жарлыларға Хош Хабар жәриялаў ушын майлады ▼
▼ Майлады – Қудайдың тапсырған жумысы ушын майланып, тайынланыў.
. ▼▼ Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Мени жаралы жүреклерди емлеў ушын жиберди».
Ол Мени тутқынлардың азат болатуғынын,
Соқырлардың көретуғынын хабарлаўға,
Азап шеккенлердиң еркинликке шығыўы ушын ҳәм
Жаратқан Ийениң мийримлилик жылын жәриялаў ушын жиберди» ▼.
20Соңынан Ийса китапты жаўды да, оны хызметкерге берип, орнына отырды. Мәжилисханадағы ҳәмме адамлар Оған тигилип қалды. 21Ийса оларға сөйлей баслап: – Усы Мухаддес Жазыўлар бүгин, сизлер еситкен ўақытта орынланды, – деди. 22Ҳәмме Ийсаны мақтады ҳәм Оның аўзынан шыққан жағымлы сөзлерге ҳайран қалысып: – Бул – Юсуптиң баласы емес пе? – дести. 23Ийса оларға былай деди: – Сизлер, әлбетте, Маған: «Шыпакер, өзиңди өзиң емле», – деген нақылды айтып, «Бизлер Капарнаҳумда ислеген ислериң ҳаққында еситтик. Бул жерде, Өз ана журтыңда да соларды исле!» – демекшисизлер. 24Ийса даўам етип: – Сизлерге шынын айтаман: ҳеш бир пайғамбар өз ўатанында қабыл алынбайды. 25Сизлерге ҳақыйқатын айтаман: Илияс пайғамбардың заманында үш жыл, алты ай аспан жаўылып, жаўын болмай, елде аўыр ашаршылық болғанда, Израил елинде көп жесир ҳаяллар бар еди. 26Бирақ Илияс олардың ҳеш биреўине жиберилмей, тек Сидон елиниң Сарафат қаласындағы бир жесир ҳаялға жиберилген еди ▼. 27Сол сыяқлы, Элиша пайғамбардың заманында да Израилда тери кеселлигине шалынғанлар көп еди. Бирақ, тек сириялы Нааманнан басқа ҳеш ким аўырыўынан жазылған жоқ ▼, – деди. 28Буны еситкен мәжилисханадағылардың барлығы қатты ашыўға минди. 29Орынларынан турып, Ийсаны қаладан қуўып шығарды да, Оны тик жардан таслап жибериў ушын, сол қала қурылған таўдың басына алып барды. 30Бирақ Ийса олардың арасынан өтип, Өз жолына түсти.
Copyright information for
KaaIBT22C