‏ Luke 5:1-11

Ийсаның дәслепки шәкиртлери

(Мат 4:18-22; Мрк 1:16-20)

1Бир күни Ийса Геннесарет көлиниң жағасында турғанда, халық Қудайдың сөзин еситиў ушын Оның жанында тығылысып турды. 2Сонда Ийса көлдиң жағасында турған еки қайықты көрди. Ал балықшылар қайықтан түсип, аўларын жуўып атырған еди. 3Қайықлардың бири Шимонға тийисли еди. Ийса оған минип, Шимоннан жағадан бираз арманырақ жүзип барыўын өтинди де, қайықта отырып, халыққа тәлим бере баслады.

4Сөзин тамамлағаннан соң, Шимонға:

– Тереңирек жерге жүзип барып, балыққа аў сал, – деди.

5Шимон Оған жуўап берип:

– Устаз! Бизлер түни менен мийнет етип, ҳеш нәрсе тута алмадық. Бирақ, Сениң сөзиң бойынша аў саламан, – деди.

6Олар усылай ислегенде, көп балық тутқанлығы соншелли, ҳәтте, аўлары да жыртыла баслады. 7Сонда олар басқа қайықтағы шериклерине белги берип, жәрдемлесиўге шақырды. Жолдаслары келип, еки қайықты да суўға батар дәрежеде балыққа толтырды.

8Буны көрген Шимон Петр Ийсаның аяғына жығылып:

– Ийем! Мениң қасымнан кет, өйткени мен гүнакар адамман, – деди.

9Себеби өзлериниң буншама көп балық аўлағанына өзи де, қасындағылар да ҳайран қалған еди. 10Шимонның шериклери болған Зебедейдиң уллары Яқып пенен Юхан да усындай аўҳалда еди. Ийса Шимонға:

– Қорқпа, буннан былай адамларды аўлайтуғын аўшы
Адамларды аўлайтуғын аўшы – Қудайдың жолына түсириўши.
боласаң, – деди.

11Сонда олар қайықларын жағаға шығарды да, ҳәммесин қалдырып, Ийсаның изине ерди.
Copyright information for KaaIBT22C