‏ Luke 5:17-26

Ийсаның ләң адамға шыпа бериўи

(Мат 9:1-8; Мрк 2:1-12)

17Бир күни Ийса тәлим берип отырғанда, Галила менен Яҳудияның барлық аўылларынан ҳәм Ерусалимнен келген парисейлер
Парисейлер – Ийсаның заманында яҳудий халқының күшли диний топары.
менен диний муғаллимлер Оның қасында еди. Ал Ийсада аўырыўларға шыпа бериўши Жаратқан Ийениң қүдирети бар еди.
18Сонда биреўлер ләң болған адамды төсеги менен көтерип алып келди. Олар Ийсаның алдына оны қойыў ушын, үйге киргизиўге тырысты. 19Адамлардың көплигинен алып кире алмаған олар тамның басына шықты. Тамның басын ашты да, ләң адамды төсеги менен ортаға, Ийсаның алдына түсирди. 20Ийса олардың исенимин көрип:

– Достым, сениң гүналарың кеширилди, – деди.

21Диний муғаллимлер менен парисейлер: «Қудайға тил тийгизип турған Бул ким? Гүналарды жалғыз Қудайдан басқа ким кешире алады?» – деп ишлеринен ойлай баслады.

22Ийса олардың не ойлағанын билип, оларға:

– Ишлериңизден неге бундай нәрселерди ойлап турсызлар?
23Қайсысын айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», – деў ме ямаса: «Орныңнан турып, жүре бер», – деў ме? 24Бирақ, Адам Улының
Адам Улы – Ийса Масийх Өзин көбинесе усылай атады, сөзликке қараң.
жер бетинде гүналарды кешириўге бийлиги бар екенин билип қойыңлар, – деп жуўап берди де, ләң адамға: – Саған айтаман: орныңнан турып, төсегиңди ал да, үйиңе бар! – деди.

25Сонда ләң адам ҳәммениң көз алдында дәрҳал орнынан турып, өзи жатқан төсегин алды да, Қудайды алғыслап үйине қайтты. 26Ҳәмме қатты таң қалысып, Қудайға мақтаўлар айтты. Олар қорқынышқа толып:

– Бизлер бүгин таң қаларлық ислер көрдик, – дести.
Copyright information for KaaIBT22C