Luke 5:27-32
Ийсаның Лебийди шақырыўы
(Мат 9:9-13; Мрк 2:13-17)
27Соннан кейин, Ийса сол жерден шығып, салық кеңсесинде отырған Лебий ▼ атлы салықшыны көрди де, оған: – Изиме ер! – деди. 28Ол орнынан турды да, ҳәмме нәрсесин қалдырып, Ийсаның изине ерди. 29Лебий өз үйинде Ийса ушын үлкен зыяпат берди. Олар менен бирге көплеген салықшылар ҳәм басқа да адамлар дастурханлас болды. 30Парисейлер менен диний муғаллимлер Ийсаның шәкиртлерине наразылық билдирип: – Сизлер неге салықшылар ҳәм гүнакарлар менен бирге ишип-жеп отырсызлар? – деди. 31Ийса оларға жуўап берип: – Шыпакерге дени саўлар емес, ал аўырыўлар мүтәж. 32Мен ҳақ адамларды емес, ал гүнакарларды тәўбеге шақырыўға келдим, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C