Luke 6:12-16
Ийсаның он еки елшисин таңлаўы
(Мат 10:1-4; Мрк 3:13-19)
12Сол күнлери Ийса дуўа етиў ушын таўға шықты ҳәм түнди Қудайға дуўа етиў менен өткизди. 13Таң атқанда, Өз шәкиртлерин жанына шақырып алып, арасынан он екисин таңлап алды да, оларды «елшилер» деп атады. 14Олар: Ийса Петр деп атаған Шимон ҳәм оның иниси Андрей, Яқып пенен Юхан, Филип пенен Бартоломей, 15Матта ▼ менен Томас, Алпейдиң улы Яқып пенен ўатансүйер деп аталған Шимон, 16Яқыптың улы Яҳуда ҳәм кейин Ийсаға сатқынлық ислеген Яҳуда Исқариот.
Copyright information for
KaaIBT22C